SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI«Қарақалпақстан жаслары» газетасыныӊ журналистлери менен ушырасыў болды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » «Қарақалпақстан жаслары» газетасыныӊ журналистлери менен ушырасыў болды
«Қарақалпақстан жаслары» газетасыныӊ журналистлери менен ушырасыў болды
Ҳәзирги күнде жаӊалықларды интернет басылымлары арқалы оқып барыўға әдетленип қалғанбыз. Газетаны қолына алып оқып отырған жасларға дерлик көзиӊ түспейди. Бирақ түп-тийкарында жәмийетимиз турмысында газеталардыӊ тутқан орны әҳмийетли саналады. Бүгинги күнде Республикамызда өз искерлигин жүритип атырған белгили газеталарымыз бар. “Инфолиб Ўзбекистон-2021” Х Миллий мәлимлеме-китапхана ҳәптелиги шеӊберинде Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында «Газета еӊ соӊғы ҳәм әҳмийетли жаӊалықлар дереги» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти. Илажда быйыл 90 жыллық юбилейин белгилеп атырған Республикалық «Қарақалпақстан жаслары» газетасыныӊ қәбилетли журналистлери З.Абдиниязова, Р.Наўрызымбетова, филиал Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Улыўма оқыў залы секторы баслығы Б.Утениязова кешени ашып берди ҳәм қатнасыўшыларды келген мийманлар менен таныстырып өтти. Буннан соӊ З.Абдиниязова сөзге шығып «Қарақалпақстан жаслары» газетасыныӊ тарийхы, усы дәўирге шекемги искерлиги ҳаққында мағлыўмат берди. Соныӊ менен бирге еӊ дәслепки редакторы ким болған, газетаныӊ дөретиўшилик қазанында бүгинги күнге дейин ҳәм ҳәзирги ўақытта қайсы қәлеми өткир, елге белгили журналистлер хызмет көрсетип киятырғанлығы менен таныстырып өтти. Газетаныӊ интернет басылымларына салыстырғанда абзалықлары бар. Ҳәр бир автор өзиниӊ мақаласын қолға алып, газета арқалы оқығаны өзгеше заўық береди. Ушырасыў даўамында усы темалар шеӊберинде пикир алысыў болды. Сәўбетлесиў даўамында студент-жасларда өз пикирлерин билдирди.