“Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек”
Инсанлар арасында жақсылық, мүриўбет жасайды. Биз оны қашан көремиз? Жақсылық-биреўдиӊ мүшкилин басқа биреў аӊсатластырған ўақытта, кеўили меҳирге толы инсанлар мүтәжларға жәрдем бергенде, қәлби пәк инсан әтирапындағыларға қуўаныш бөлистиргенде сәўлеленеди. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы жәмәәти “Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек” деген нақылды өзлерине сүрен қылып, «Мийримли жаслар» акциясы шеӊберинде қайыр-сақаўат илажларын әмелге асырыў мақсетинде қәлеўши студент жаслар арасынан қаржы ҳәм азық-аўқат жыйналып, филиал директоры А.Есимбетов басшылығында Шымбай районында жайласқан «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйине берилди. Филиал жәмәәти биргеликте ол жерге барып, студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт-бағдарламасын қойып берди ҳәм олардыӊ кеўиллерин көтерди. Бундай илаж себепли студент-жаслар қайырқомлық көрсетиў, саўап ислеўдиӊ әҳмийетин жәнеде тереӊирек аӊлап жетти. Жазыўшы Өткир Ҳошимов айтқанындай инсан бул өмирде ҳәмме нәрсеге тойыўы мүмкин, бирақ меҳирге тоймайды. Солай екен итибар ҳәм меҳирге мүтәж инсанларға азғана ўақыт ажыратып олардыӊ кеўиллерин көтериўге ҳәрекет қылыўымыз керек. «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйинде жасап атырғанлар филиал жәмәәтине шын кеўилден өз миннетдаршылығын билдирди ҳәм нураный атамыз тәрепинен пәтия берилди. Жақсы нийетлер менен пәтияға қол жайған студентлеримизге саўап истиӊ шарапаты тийсе биз буннан қуўанышқа бөленген болар едик.
скачать dle 12.1