Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў
Бүгин Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы ҳаял-қызлар мǝселелери бойынша директор мǝслǝҳǝтшиси Г.Ешмуратова ҳǝм З.Даўлетовалар студент-қызлар менен «Басым ҳǝм зорлықлар»дың алдын алыў бойынша сǝўбетлесиў өткерди. Буннан тийкарғы мақсет: Басым ҳǝм зорлықлардың алдын алыў, оларға шек қойыў, шаңарақта ямаса оқыў орнында басым ҳǝм зорлықларды болдырмаў илажларын көрип шығыў болып есапланады. Соның менен бир қатарда басым ҳǝм зорлықлардың түрлери ҳаққында түсиник жумысларын алып барды. Соңынан бул сǝўбетлесиў студент қызлар менен сораў жуўап формасында даўам етти. «Қорғаныў ордери не?» оны қалай алыўға болады ҳǝм кимлер алса болады деген сораўлар бойынша жуўаплар алды. “Қорғаныў ордери-басым ҳǝм зорлықтан жǝбирлениўшиге мǝмлекет қорғаўын усыныўшы, ҳаял-қызларға басым өткерип атырған шахс ямаса бир топар шахсларға қарсы усы нызамда белгиленген тǝсир көрсетиў ис илажлары қолланылыўына себеп болатуғын ҳүжжет”.
«Қорғаныў ордери» басым ҳǝм зорлық қурбаны болған жǝбирлениўши ҳаял-қызларға ҳуқықты қорғаўшы органлар тǝрепинен бериледи. Жақсы көрген жигити, өмирлик жолдасы, қайин ата, қǝйин ене, бийкеш, коңсы-қоба ҳǝм басқалар тǝрепинен физикалық ямаса руўхый зорлық қурбанына айланған ҳаяллар усы ордер арқалы нызамлы тǝризде қорғалады. Бүгинги сǝўбетлесиўде талаба қызлар «Басым ҳǝм зорлық» бойынша қосымша мағлыўматларға ийе болды ҳǝм өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.



Хаял-қызлар мǝселелери бойынша
директор мǝслǝҳǝтшиси Г.Ешмуратова
скачать dle 12.1