«Шаӊарақ муқаддес дәргай» атамасында семинар-тренинг өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы психологы К.Алламуратова Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 101-топар студентлерине «Шаӊарақ муқаддес дәргай» атамасында семинар-тренинг өткерди. Оған Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳатшиси Г.Ешмуратова, топар тютори Т.Жусипбеков ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Семинар даўамында қатнасыўшыларға биз туўылып өскен шаӊарақта миллий үрп-әдетлеримиз тийкарында тәрбия алып, жәмийетте өз орнымызды табыўымыз, ата-ана перзентлерин дурыс жолға бағдарлаўы сондай-ақ шаӊарақтағы зорлықтан жәбир көрген жасларды кеўилсиз жағдайлардан сақлаў ҳәм аўыр жағдайлардан шығарыў бойынша толық түрде айтып өтилди. Студент-жасларға шаӊараққа психологиялық жақтан тайын болыў керек екенлиги, ҳәр бир шаӊарақ жәмийетте айрықша орынға ийе екенлиги түсиндирилди. Тренинг даўамында Г.Ешмуратовада темаға байланыслы турмыслық мысалларды келтирип өтти. К.Алламуратова қатнасыўшыларды жәнеде қызықтырыў мақсетинде ҳәр түрли ойын шынығыўларын шөлкемлестирди. 101-топар студентлери семинар жуўмағында өзлериниӊ унамлы пикирлерин билдирди.
скачать dle 12.1