Зооинженерия кафедрасында ашық сабақ өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Зооинженерия кафедрасы стажёр-оқытыўшысы З.Тлеўбаева тәрепинен Ветеринария медицинасы қәнигелиги 104-топар студентлерине “Ветеринария генетикасы ҳәм шағылыстырыў тийкарлары” пәнинен ашық сабақ шөлкемлестирилди.
Шарўа ҳайўанларыныӊ өсиўин есапқа алыў, өлшеў әсбаблары ҳәм ҳайўанлардыӊ тийкарғы дене өлшемлери темасында өткерилген ашық сабақ даўамында студентлерге толық түсиниклер берилди. Ҳайўанларыӊ өсиўи ҳәм олардыӊ кеселликлерге шыдамлылығы бойынша айтып өтти. “Зооинженерия” кафедрасы баслығы А.Торешова ҳәм оқытыўшысы Г.Ешмуратовалар ашық сабақты бақлап отырды. Студент-жасларда толық түсиниклерди қәлиплестириў мақсетинде қызықлы ойынларды алып барды. Олардыӊ билимлерди жәнеде тереӊирек өзлестириўи ушын шөлкемлестирилген бундай ашық сабақлар шеӊберинде студентлер жақсы көнликпелерге ийе болып барады. З.Тлеўбаева 104-топар студентлериниӊ бүгинги тема бойынша билимлерин беккемлеў ушын сораў-жуўап өткерди. Филиал студентлериниӊ қәнигелиги бойынша ашық сабақларды шөлкемлестирип барыў даўам етеди.
скачать dle 12.1