SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудентлер “Panaev farms” фермер хожалығына саяхат қылды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Алдын мәлим еткенимиздей, "Шарўашылық хожалықларын басқарыўдыӊ заманагөй технологиялары-Өзбекстан ушын қыйыншылықлар ҳәм раўажланыўлар" темасында өткерилген семинар-тренинг шеӊберинде филиал студент-жаслары ушын Қараөзек районындағы “Panaev farms” фермер хожалығына саяхат шөлкемлестирилди. Бул танысыў саяхатына “Ветеринария” кафедрасыныӊ үлкен оқытыўшысы Х.Арзыев ҳәм ассистенти Д.Ерназаров, Халықаралық байланыслар бөлими баслығы Т.Ибраимовлар басшылығында фермер хожалық хызмети менен танысыў тилегин билдирген студентлер қатнасты. Соны айрықша атап өтиўимиз керек, “Panaev farms” фермер хожалығыныӊ баслығы Тимур Панаев бул саяхатты әмелий тәрептен шөлкемлестирди. Гөзленген мәнзилге жетип барғаннан соӊ студентлерге фермер хожалығыныӊ ис процесси толық таныстырылды. Ҳәзирги күнде бул жерде 400 бас ири шақлы қарамаллар, 1000 ден аслам қой ҳәм ешкилер ҳәмде қоянлар бағылып атыр. Т.Панаев студентлерге толық мағлыўмат бериў мақсетинде фермер хожалықта тийкарынан Голштейн ҳәм Симментал нәсилли қарамаллар бағылып атырғанлығын ҳәм бул нәсилли маллар Австрия ҳәм Германия мәмлекетлеринен алып келингенин айтып өтти. Соныӊ менен бирге студентлерге азықлық базасы таныстырылды. Олар саяхат даўамында бул жердеги қарамаллар, қой ҳәм ешкилер, қоянларды өз көзи менен көрип, қандай шараятта бағылып атырғанын ҳәм азықландырыў процесслерин толық үйренди. Усы тәризде теориялық ҳәм әмелий билимлер беккемленди. Студентлер сыйыр ҳәм ешкилерди саўыў процессин бақлады. Оларға Австрия ҳәм Испаниядан алып келинген заанен нәсилли ешкилердиӊ сүтинен сапалы ҳәм мазалы сыр өнимлери таярланыўы ҳаққында мағлыўмат берилди. “Panaev farms” фермер хожалығына шөлкемлестирилген саяхат студентлерге әмелий билимлер менен бирге көтериӊки кейпият бағышлады. Саяхат жуўмағында болса алдағы ўақытта бундай саяхатларды әмелге асырып барыўға келисилди. Еӊ тийкарғысы студентлер әмелий тәжирийбелерге ийе болды.