Гезектеги филиал кеңеси болып өтти
2021-жыл 28-октябрь күни филиал кеңеси болып өтти. Филиал кеңеси баслығы А.Есимбетов кеңести ашып берди. Ағзалар толығы менен қатнасты. Соңынан баянатшылардың есабы тыңланды. Филиалда орынлаў интизамын беккемлеў мәселелери, Республика ҳүкимети қарарлары ҳәм көрсетпелери, Республика Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети көрсетпелери, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Коллегиясының қарарлары, буйрық, көрсетпе хат, модемограммалары, директор буйрықлары ҳәм илимий кеңес қарарларының орынланыў барысы ҳаққында ишки қадағалаў ҳәм мониторинг бөлими баслығы Ш.Самандаровтың баянаты тыңланды.
Буннан соң филиал профессор-оқытыўшыларының инглис тилин билиўлерин тәмийинлеў ҳәм компьютер технологияларынан пайдалана алыўлары бойынша таяныш көнликпелерди қәлиплестириў мәселелери ҳаққында оқыў ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаровтың баянаты тыӊланды. Кейин болса июнь айынан баслап шөлкемлестирилген жаңа кафедра «Зооинженерия» кафедрасында оқыў, илимий-изертлеў, тәлим-тәрбия ислери бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кафедра баслығы есабат берип өтти. Гезектеги баянат тәлим сыпатын қадағалаў бөлими баслығына тийисли болып, ол филиал профессор-оқытыўшыларының зәрүр оқыў-норматив ҳүжжетлер менен тәмийнленгенлик жағдайы, исши оқыў режелери, исши оқыў дәстүрлери ҳәм ОМК лардың таярланыў барысы ҳаққында сын көз қарас пенен қарап шыққанлығы ҳаққында есабат иследи.
Сондай-ақ ағымдағы мәселелер бойынша Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы жанынан «Аўыл хожалық ҳайўанларына сервис хызмет көрсетиў» бойынша уставы тастыйықланды. Кафедраларда «Илимий әмелий орайын» шөлкемлестирилиўи бойынша мәселе қаралды. Ең соңында болса филиалда еркин излениўши сыпатында бекитиў, олардың докторлық диссертация (DSc, PhD) жумыслары темаларын тастыйықлаў ҳәм илимий басшы ҳәм мәсләҳәтшилерин белгилеў ҳаққында мәселе қаралды.
Кеңес жуўмағында тийисли қарарлар қабыл етилди. Филиал кеңес баслығы Адилбай Тлепович ўазыйпаларды жуўапкершилик пенен орынлаў керек екенлигин және бир мәрте ескертип өтти.
скачать dle 12.1