Филиал директоры профессор-оқытыўшылар қатнасыўында жыйналыс өткерди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында директор А.Есимбетов басшылығында профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлер қатнасыўында жыйналыс өткерилди. Жыйналыста усы жылдыӊ 29-октябрь күни Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Ташқулов тәрепинен видеоконференция тәризинде өткерилген жыйналыстағы тапсырмалар кеӊ додаланып, олардыӊ орынлаўын тәмийинлеў мәселеси бойынша сөз жүритилди. Жыйналыс даўамында тийисли мәселелер бойынша усыныслар көрип шығылды. А.Есимбетов тәрепинен анық тапсырмалар ҳәм ўазыйпалар белгилеп берилди. Соныӊ менен бирге тийкарғы мәселелерден бири сыпатында Қ.Жиенбаев филиалда коррупцияға қарсы гүресиў «комплаенс-қадағалаў» системасын басқарыў бөлими бас қәнигеси етип тайынлағаны мәлим етилип, профессор-оқытыўшыларға таныстырылды. Буннан соӊ Қ.Жиенбаев сөзге шығып, бул бөлим филиалда коррупцияға қарсы гүресиў жумысларын алып барыў, профилактика қылыў ҳәм бул бағдардағы машқалаларды саплсатырыў арқалы ҳуқықбузарлықлардыӊ алдын алыў мақсетинде шөлкемлестирилгени бойынша түсиник берип өтти. Филиал директоры А.Есимбетов өз сөзинде: «Бәршемизге белгили усы күнге шекем филиалымызда бул қара иллет өз саясын сала алған жоқ. Буннан кейинги ўақытларда да сондай болады. Енди бизде бул жумыс пенен тикеллей шуғылланыўшы бөлим хызмети жолға қойылды. Әлбетте, алдағы ўақытта да жас қәнигелерге коррупциясыз ҳәм сапалы билим берип барамыз»-деп айрықша атап өтти. Жыйналыста жоқарыдағы сыяқлы бир қатар мәселелер додаланды.
скачать dle 12.1