Филиал студентлерине қәнигелер тәрепинен семинар-тренинг шөлкемлестирилди
Усы жылдыӊ 29-октябрь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында "Шарўашылық хожалықларын басқарыўдыӊ заманагөй технологиялары-Өзбекстан ушын қыйыншылықлар ҳәм раўажланыўлар" темасында семинар-тренинг болып өтти. АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) Агробизнести раўажландырыў жойбары ҳәмде Германия Халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) басламасы тийкарында филиал Халықаралық байланыслар бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген бул семинарда Агробизнести раўажландырыў бойынша қәниге У.Сайфудинов, Германия Халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ)ниӊ Қарақалпақстандағы координаторы А.Қурбанбаев, “Panaev farms” фермер хожалығыныӊ баслығы Т.Панаев, Халықаралық байланыслар бөлими баслығы Т.Ибраимов, филиал баспасөз хаткери З.Хожамуратова, профессор-оқытыўшылар ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Филиал директоры Адилбай Есимбетов семинарды кирис сөзи менен ашып берип, қатнасыўшыларға келген мийманларды таныстырып өтти. Буннан соӊ У.Сайфудинов сөзге шығып бул семинарды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет студент-жасларға Қарақалпақстан Республикасындағы шарўашылық тармақлары ҳаққында улыўма мағлыўматларды берип өтиў, болажақ қәнигелерге алдағы ўақытта әмелиятта оларды қандай ислер күтип турғаны бойынша анық түсиниклерди қәлиплестириў сондай-ақ, тараў бойынша студентлердиӊ усыныс ҳәм мүтәжликлерин үйрениўден ибарат екенлиги айтып өтти. Семинар даўамында шарўашылық тармағында ушырасып атырған машқала ҳәм кемшиликлер кеӊ додаланып, оларды сапластырыў усыллары бойынша бир қатар усыныслар берип өтилди. Атап айтқанда, халық арасында талап жоқары болған гөш ҳәм сүт өнимлериниӊ базардағы баҳасы ҳәм сапасы анализ етилди, терини қайта ислеў жумысларында ушырайтуғын машқалалардыӊ келип шығыў себеплери түсиндирилди. Соныӊ менен бирге нәсилли маллардыӊ өнимдарлық көрсеткишлери дурыс рацион тийкарында азықландырыўдыӊ есесине артып барыўы ҳәмде от-жемнен ақыл менен пайдаланыў оларда ушырасатуғын түрли кеселликлердиӊ алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги бойынша айтып өтилди. Тимур Панаев студентлерге өзиниӊ ис тәжирийбеси ҳаққында айтып бериў менен бирге төмендегилерди айырқша атап өтти: “Мен өз бизнесимди буннан былайда раўажландырыў ушын қалыс бәсеки орталығын жаратыўға ҳәрекет қыламан. Себеби, бәсеки шараятында сизиӊ жаӊа тәреплериӊиз ашылып, креатив идеяларды ойлап табасыз. Буныӊ есесине болса, қарыйдарға усынып атырған өнимиӊиздиӊ сапасы және де артып барады”. Филиал студентлери илаж даўамында А.Қурбанбаев ҳәм Т.Панаевлардыӊ әмелий тәжирийбелери ҳаққында тыӊлаў менен биргеликте, өзлери ушын жақсы мотивация алды. Соны айрықша атап өтиўимиз орынлы, Тимур Панаев тәрепинен семинар шеӊберинде Қараөзек районында жайласқан “Panaev farms” фермер хожалығына филиал студентлери ушын саяхат шөлкемлестириў усынысы билдирилди ҳәм филиал администрациясы тәрепинен қоллап-қуўатланды. Бүгинги семинар қызықлы ҳәм сораў-жуўапларға бай тәризде болып өтти.
скачать dle 12.1