SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудентлер китап таныстырыў мәресиминде қатнасты » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Ҳәр бир халықтыӊ өзиниӊ қаҳарманлық дәстанлары болады. Сол сыяқлы қырғыз халық қаҳарманлық эпосы «Манас» дәстаны бар. Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамыныӊ жуўаплы хаткери Б.Ерназаров «Манас» дәстанын қарақалпақ тилине аўдармалап баспадан шығарды.
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында бул китап әдебият ықласбентлерине таныстырылды. Илажда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамыныӊ баслығы, К.Каримов, Өзбекстанға мийнети сиӊген журналист К.Реймов, филология илимлери докторы, шайыр Ж.Хошниязов ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, шайыр ҳәм жазыўшы К.Ерназаров қатнасты. Сондай-ақ бул кешеде Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова ҳәм китапханашы Г.Арзымбетова басшылығында филиал студент-жаслары да мийман сыпатында қатнасты. Улыўма оқыў залы секторыныӊ басылғы Б.Утениязова илажды ашып берди. Буннан соӊ келген мийманлар сөзге шығып «Манас» дәстаныныӊ сюжети ҳаққында толық түрде айтып дәстан қаҳарманларына сыпатлама берип өтти. Соныӊ менен бирге бул дәстанныӊ келип шығыў тарийхы ҳәм қырғыз халқыныӊ арасында тутқан әҳмийетли орны туўралы айрықша тоқталып өтип, кеше қатнасыўшыларына «Манас» дәстаныныӊ қарақалпақ тилине аўдармаланған китабын оқып, мазмуны менен жақыннан танысыўды усыныс берилип өтилди. «Студент-жасларды усындай мазмундағы кешелерге белсенди қатнастырыўдан тийкарғы мақсет олардыӊ китап оқыўға болған қызығыўшлығын жәнеде арттырыў ҳәм жаӊадан баспадан шығарылып атырған китаплар менен турақлы түрде таныстырып барыўдан ибарат.»-дейди Ж.Халмуратова. Филиал студентлери қырғыз халық қаҳарманлық эпосы «Манас» дәстаны ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.