Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында исенимли жеңиске еристи
2021-жыл 25-октябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясы Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының дәслепки нәтийжелерин жәриялады. Усы мүнәсибет пенен Исбилермен ҳәрекети–Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы «Humo Arena» комплексинде илаж өткерди. Онда партияның белсендилери ҳәм партияға тәрепдар инсанлар қатнасты.
Мониторларда Орайлық сайлаў комиссиясының сайлаўдың дәслепки нәтийжелерине бағышланған баспасөз конференциясы онлайн тәризде көрсетилди. Дәслепки нәтийжелерге бола, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында Шавкат Миромонович Мирзиёев сайлаўда қатнасқанлар санының 80,1 процент даўысы менен жеңиске ерискени жәрияланды. Илажға жыйналғанлар бул хабарды қуўаныш ҳәм қол шаппатлаўлар менен күтип алды.
Бул даўыслар халқымыз өз турмысында сезген нәтийжелер ҳәм келешекке исеним ушын берилген, деп айтыў мүмкин. Себеби соңғы бес жылда Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында үлкен масштабтағы жумыслар исленди. Жаңаланыў кирип бармаған бирде-бир тараў қалмады. 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық, турмыс талап еткен ҳәкимшилик, ҳуқықый ҳәм экономикалық реформалар әмелге асырылды.
Усы дәўирде мәмлекетимиз экономикасы 24 процентке, санаат 34 процент, экспорт көлеми 1,5 есеге, сырт ел инвестицияларының көлеми болса 3 есеге артты. Жалпы ишки өнимимиз 60 миллиард долларға жетти. Орташа айлық мийнет ҳақы 2,2 есеге көбейди.
Аймақларды раўажландырыў, санаат ҳәм хызметлердиң көлемин кеңейтиў ушын имканиятлар жаратылды. Жүзлеген кәрхана ҳәм заводлар, мыңлаған жаңа жумыс орынлары пайда болды. Үлкен дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылды.
Әмелий нәтийжелилик, инсан мәпи реформалардың баслы мақсетине айланды. Социаллық бағдарланған бағдарламалар әмелге асырылды. Илим, тәлим-тәрбия, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер, ғалаба хабар қураллары, спорт тараўларын раўажландырыўға да үлкен итибар қаратылды.
Бул жумысларды избе-из даўам еттириў, мәмлекетимизди раўажландырыў ҳәм халқымыздың турмысын жаңа басқышқа көтериў ушын сайлаў алдынан Жаңа Өзбекстан стратегиясы ислеп шығылды. Сайлаўшылар менен ушырасыўларда оның мазмун-мәниси түсиндирилди ҳәм халқымыз оған исенди.


Илажда Шават Мирзиёев шығып сөйлеп, өзине билдирилген жоқары исеним ушын халқымызға миннетдаршылық билдирди.
– Усындай уллы халықтың исеними мен ушын үлкен бахыт! Маған сонша исеним билдирип, қоллап-қуўатлағаны ушын барлық партияласларымызға, жасларға, әзиз перзентлериме, гөззал аналарым ҳәм нураний аталарымызға ҳүрмет етип, рахмет айтаман. Бул исеним маған күш бағышлайды. Соның менен бирге, ишки дүньям менен сеземен, бул оғада үлкен жуўапкершилик, – деди Шавкат Мирзиёев.
Ҳәзирги қәўетерли заманда қыйын сынақлар көп болғаны, халқымыз бирлесип, пидәкерлиги ҳәм мийнет сүйгишлиги менен үлкен нәтийжелерге ерисип атырғаны атап өтилди.
– Соңғы бес жылда қандай сынақларды басымыздан өткердик. Бизлер бул сынақларда писип жетилистик. Бир-биримизге меҳримиз артты. Бирлестик. Халқымыз бирлессе, нелерге уқыплы екенин пүткил дүнья жүзи және бир мәрте көрди, – деди Президент.
Усы жылғы сайлаў биринши рет Сайлаў кодекси тийкарында, демократиялық руўхта, ашық-айдын өткерилгени атап өтилди.
– Көплеген мәмлекетлерден, үлкен халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар келди. Олар қәлеген сайлаў участкасына барып, жаратылған шараятларды, адамларымыз ертеңги күнге бийпәрўа емес екенлигин, сайлаўда белсене қатнасқанын, шаңарақлары менен келип даўыс бергенин көрди. Бул халқымыздың кейпияты, сиясий мәдениятынан дәрек береди. Орынлардағы ушырасыўларда адамлар ҳәр бир тараў бойынша, өз қаласы ямаса районы бойынша әҳмийетли усынысларды билдирип атыр. Сын көзқараслар да болып атыр. Бул да турмысымыздың өзгергени, демократиялық реформалардың нәтийжеси. Және бир мәрте айтпақшыман: артқа жол жоқ. Енди Өзбекстан тек ғана алға барады, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы барлық сырт ел ҳәм жергиликли бақлаўшыларға, Орайлық сайлаў комиссиясы, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының ағзаларына, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине рахмет айтты.
Президент сайлаўында басқа да сиясий партиялардан алға қойылған талабанларға да миннетдаршылық билдирди.
– Олардың да нийети – Өзбекстанды раўажландырыў. Соның ушын олардың бағдарламасындағы халқымызға қолайлы усынысларды, әлбетте, есапқа аламыз. Биз кеше бәсекилескен болсақ, енди бирлесип, ҳәрекет етиўимиз керек. Мен халқымыздың жоқары исенимин ақлаў, арзыў-нийетлерин әмелге асырыў, абадан турмысты тәмийинлеў ушын бар күшим ҳәм потенциалымды жумсаўға ўәде беремен. Жаңа Өзбекстанды ҳәммемиз биргеликте қурамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

ӨзА скачать dle 12.1