Ўатанымыздыӊ айдын келешеги ушын даўыс берейик!
Усы жылы 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында ҳәр бир пуқара конституциялық ҳуқықларынан пайдаланып, еркин түрде өзиниң даўысын береди. Әлбетте, мен де мәмлекетимиздиң тең ҳуқықлы пуқарасы ретинде сайлаўда өзимниң, қалаберсе, пүткил жаслардың келешеги ушын даўыс беремен.
Быйыл мен питкериўши курс студентимен. Болажақ қәниге сыпатында өз алдыма үлкен ўазыйпаларды белгилеп алдым. Кейинги жылларда мәмлекетимиз тәрепинен Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўына үлкен итибар қаратылмақта. Бул болса болажақ қәниге сыпатында мени шексиз қуўанышқа бөлейди. Сонлықтан жас сайлаўшы сыпатында Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўының буннан былайда раўажланыўы ушын даўыс беремен. 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы ўатанымыздың келешеги ушын өғада үлкен әҳмийетке ийе екенлигин ҳәр биримиз терең сезиниўимиз керек. Сайлаўларда белсенди қатнасыў пуқаралық миннетимиз болып саналады. Өткерилген илажлар нәтийжесинде Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы ҳәм оны өткериў, даўыс бериў тәртип – қағыйдалары ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болып, сайлаў бойынша түсиниклеримизди кең түрде қәлиплестириўге еристик.
Елимиз жасларын сайлаўларда белсене қатнасып, мәмлекетимиздиң айдын келешеги ҳәм раўажланыўы ушын даўыс бериўге шақыраман.

Мансур Жумабаев,
Самарқанд ветеринария медицинасы институты
Нөкис филиалының 4-курс студенти скачать dle 12.1