Өз келешегим ушын даўыс беремен!
Бизлер бүгин тыныш ҳәм абадан, жедел раўажланыўға қарай исенимли қәдемлерин таслап атырған мәмлекетте, әжайип бир дәўирде жасап атырмыз. Әсиресе, биз жасларға жаратылып атырған шараятлар бизди шексиз қуўанышқа бөлейди. Мен усы елдиң пуқарасы сыпатында мәмлекетимизде жүз берип атырған ҳәр қандай жаңаланыўларды турақлы түрде бақлап бараман. Усы жыл 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы пүткил халқымыз ушын үлкен әҳмийетке ийе. Мен де елимиздиң жаслары қатарында ҳәм мәмлекетимиздиң тең ҳуқықлы пуқарасы сыпатында сайлаўға белсене қатнасып, еркин түрде өзимниң даўысымды беремен. Мен буннан жүдә қуўанышлыман ҳәм 24-октябрь сәнесин асығыслық пенен күтпектемен. Мениң пикиримше, биз ҳәммемиз сайлаўда белсенди қатнасыўға үлкен жуўапкершилик пенен қараўымыз керек. Өйткени, ҳәр биримиздиң берген даўысымыз үлкен әҳмийетке ийе. Бул таңлаў халқымыздың тәғдирин, раўажланыўымыздың ертеңги күнин белгилеп береди. Сонлықтан сайлаўда ең мүнәсип талабанға даўыс бериў бизлерден үлкен жуўапкершиликти талап етеди. Мәмлекетимиз өз миллий сайлаў системасына ийе ҳәм болажақ сайлаў әдалатлы түрде болып өтетуғынлығы сөзсиз.
Филиалымызда студент-жаслардың сиясий процесслерге белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде үгит-нәсият жумыслары кең түрде алып барылмақта. Даўыс бериў тәртип-қағыйдалары менен жақыннан таныстырыў ҳәм сол арқалы сайлаў бойынша билимлеримизди және де беккемлеп барыў мақсетинде профессор-оқытыўшыларымыз тәрепинен “Мен сайлаӯшыман” атамасында “100 сораўға 100 жуўап” китабы тийкарында сәўбетлесиўлер ҳәм викториналар өткерилмекте. Соның менен бирге, сайлаў ҳаққындағы пикирлеримизди еркин түрде билдириў имканиятын жаратыў ушын “Әдәлатлы сайлаӯ – абадан турмысымыздыӊ негизи” атамасында шығармалар таӊлаўы шөлкемлестирилди. Мен жас сайлаўшы сыпатында бул илажларға белсене қатнасып келмектемен. Сондай-ақ, филиал баспасөз хаткери Зийўар Хожамуратова менен биргеликте “Жас сайлаўшы” сүрени астында радиодағы еситтириўде шығып сөйледим.
Әлбетте, сайлаўда қатнасып атырған жаслар даўыс бериў қағыйдалары ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болыўы керек, деп ойлайман. Мен жас сайлаўшы сыпатында сайлаўда даўыс бериў бойынша толық түсиниклерге ийе болдым деп, биймәлел айта аламан. Сондай-ақ, филиал студентлериниң де сайлаў мәденияты арттырылды. Мен сайлаўға таярман! Елимиздиң буннан былай да раўажланыўы, халқымыздың мәпи ушын садықлық пенен хызмет ететуғын ең мүнәсип талабанға даўыс беремен!

Лаўра Яқыпбаева
Самарқанд ветеринария медицинасы институты
Нөкис филиалының 3-курс студенти
скачать dle 12.1