SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудентлер турақ жайындағы қызлар менен сәўбетлесиў болды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Студентлер турақ жайындағы қызлар менен сәўбетлесиў болды
Студентлер турақ жайындағы қызлар менен сәўбетлесиў болды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳатшиси Г.Ешмуратова филиалдыӊ студентлер турақ жайында жасап атырған студент-қызлар менен 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында белсенди қатнасыў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барды.
Сәўбетлесиў даўамында мәмлекетимизде 24-октябрь күни болып өтетуғын сайлаўда қатнасып, ўатанымыздыӊ келешеги ушын мүнәсип талабанға даўыс бериў бойынша сөз етилди. Студент-қызларға бул сиясый процесслерде елимиздиӊ жаслары қатарында белсенди түрде қатнасыўы ҳәм сайлаў бойынша өзлериниӊ билимлерин беккемлеп, толық мағлыўматлар менен танысып барыўы усыныс етилди. Ҳәзирги күнде жоқары оқыў орынларында студентлер арасында өткерилип атырған сайлаў алды үгит-нәсиятлаў жумыслары сондай-ақ Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниӊ басламасы менен шөлкемлестирилген үгит-нәсиятлаў поезди жойбарыныӊ алып барған жумыслары ҳаққында айрықша тоқталып өтилди. Сәўбетлесиў даўамында студент-қызларда өзлериниӊ пикирлерин билдирип өтти.