Филиал психологы топар басшылары арасында семинар өткерди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ топар басшылары арасында филиал психологы К.Алламуратова тәрепинен «Суицид ҳәм өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў» темасында семинар өткерилди. Оған Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳатшиси Г.Ешмуратова ҳәмде топар басшылар қатнасты. Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров семинарды ашып берди. Буннан соӊ А.Сейткамалов ҳәм Г.Ешмуратовалар темаға байланыслы өзлериниӊ пикирлерин билдирди. К.Алламуратова қатнасыўшыларға суицид ҳаққында толық мағлыўмат берип, психологиялық тәрептен сыпатлама берип өтти. Түскинлик, күшли стресс жағдайлары, өзин жалғыз ҳәм қәдирсиз сезиниў, жасаўға деген умтылыўын жойтыў сыяқлы ақыбетлерде жаслар өз жанына қастыянлық етиўге шекем барыў жағдайлары бойынша турмыслық мысалларды келтирип өтти. Инсан барқулла позитив кейпиятта жүриўи, өмирден ләззет алыўға умтылыўы, өзине болған исеними жоқары болыўы керек екенлиги айрықша айтып атап өтилди. Сондай-ақ психолог тәрепинен суицид жағдайлары бойынша статистикалық мағлыўматлар берилди. Семинар қатнасыўшылары тема бойынша кеӊ түсиниклерге ийе болды. Соныӊ менен бирге олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Улыўмаластырып айтқанда суицид ҳәм өз жанына қастыянлық етиўдиң темасында филиал топар басшыларында және де кеӊ түсиниклер пайда болды.
скачать dle 12.1