SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудент-жаслар арасында нәшебентлик бойынша ушырасыў болып өтти » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Студент-жаслар арасында нәшебентлик бойынша ушырасыў болып өтти
Студент-жаслар арасында нәшебентлик бойынша ушырасыў болып өтти
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар арасында нәшебентлик сыяқлы жаман иллетлер бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў ушын тараў хызметкерлери менен ушырасыў өткерилди. Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жынаят қыдырыў басқармасы айрықша әҳмийетли ислер бойынша оператив ўәкили, майор А.Альжанов, АИЖС қарсы гүресиў орайы шыпакери М.Бекниязова, Республикалық Наркология диспансери нарколог шыпакери Б.Қайыпназаров ҳәм студент жаслар қатнасты.
Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов ушырасыўды ашып берди ҳәмде алып барды. Ушырасыў даўамында мийманлар сөзге шығып нәшебентлик иллети жаслар санасын зәҳәрлеўши иллет екенлиги, бул жолдан ҳәмийше аўлақ болып жүриў пайдалы болыўы бойынша баянат қылды. Темаға байланыслы видеоролик қойып берди. М.Бекниязова АИЖС кеселлиги бойынша ҳәм оныӊ жуғыў жоллары ҳаққында мағлыўмат берди. Ушырасыў даўамында студент жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Қәнигелер тәрепинен толық түсиник берилди.
Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими