Студентлер устаз-шәгирт дәстүри тийкарында әмелий көнликпелерин беккемлеп барады
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында билим алып атырған студентлердиӊ әмелий көнликпелерин беккемлеп барыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ҳайўанлар кеселликлери диагностикасы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайыныӊ қәнигелери менен устаз-шәгирт дәстүри тийкарында биргеликте жумыс алып барыў жолға қойылған. Атап айтқанда, ҳәзирги күнде филиалымыздыӊ үшинши ҳәмде төртинши курс студентлери орайдыӊ бактералогия, паразитология ҳәм микрология, сондай-ақ, токсикология, радиология, ветеринария санитария экспертизасы, серология ҳәм биохимия, вирусология лабораторияларында болып, сол жердеги қәнигелерден зәрүр әмелий билимлерди өзлестирип атыр. Бунда студентлер устаз-шәгирт дәстүри шеӊберинде ҳәпте күнлеринде белгиленген кесте тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ҳайўанлар кеселликлери диагностикасы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайына барып, лабораторияларда өз әмелий тәжирийбелерин арттырып барады. Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында теория менен әмелиятты теӊдей алып барыў оғада үлкен әҳмийетке ийе болып саналады. Филиал студентлери оқытыўшыларынан алған теориялық билимлери менен шекленип қалмай, әмелиятта жумыс процесси менен жақыннан танысып барыўы олардыӊ әмелий көнликпелериниӊ артыўына түртки болады. Устаз-шәгирт дәстүриниӊ жолға қойылыўыныӊ түп-тийкарында да усындай мақсет гөзленген. Ветеринария медицинасы қәнигелиги 3-курс студентлери орайға барып, ол жердеги жумыс процесси, ишки тәртип-қағыйдалары ҳәм лабораторияныӊ әсбаб-үскенелери менен жақыннан танысты. Алдағы ўақытта тастыйықланған кесте тийкарында 3 ҳәм 4-курста билим алып атырған студентлер қәнигелер арқалы өзлериниӊ әмелий билимлерин беккемлеп барыўы көзде тутылған.
скачать dle 12.1