ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ӨСЕТУҒЫН ЦИСТАНХЕ ӨСИМЛИГИ
Усы жыл бәҳәр айларында Қарақалпақстан саҳраларында өсетуғын цистанхе өсимлигиниң «Бағжап» каналын қазыўда қатнасып атырған қытайлы пуқаралар тәрепинен нызамсыз терилип атырғаны ҳаққында социаллық тармақларда хабар тарқалған еди.Қытайлылар бул өсимликти не ушын жақсы көреди, улыўма, цистанхе қандай өсимлик?
Елимизде «Алтын тамыр», «Жылан шөп», «Шөл женьшени» ҳәм «Саҳрадағы өмир тамыры» сыяқлы атамалары менен мәлим болған цистанхе өсимлиги Қарақалпақстанның Әмиўдәрья дельтасы, Қызылқум ҳәм Үстирт кеңликлеринде тарқалған.
Илимпазлардың атап өтиўинше, бул өсимлик женьшеннен бес есе күшли шыпалы қәсийетке ийе болып, ол 2 мың жылдан берли Қытай медицинасында пайдаланылып келинбекте. Өсимликлик қурамындағы биологиялық актив элементлерден таярланған ҳақыйқый шыпалы эликсир инсанның иммун системасын беккемлеў, есте сақлаў қәбилетин күшейтиў, баўыр циррозын ҳәм бийпушлықты емлеў қәсийетлерине ийе.
Цистанхениң әжайып қәсийетлеринен бири, оның шөл ҳәм ярым шөл аймақларда өсип, қуяштың алтын нурларынан ҳәўиж алып айқулақ реңине ениўи ҳәм ай шуғласында таўыстай таўланыўында екен. Шыпалы биоактив элементлер оның жер асты ҳәм жер үсти бөлегинде топланады.
Цистанхе апрель-май айларында жыйнап алынады, усы ўақытта оның жер үсти тәрепи гүллейди. Сол ўақытта денесин бойына кесип, қумлардан тазалап жыйнап алынады. Соң ол ашық ҳәм сая жерде кептириледи.
Қарақалпақстанда цистанхениң 4 түри өседи. Олар сексеўил, қандым сыяқлы өсимликлердиң тамырында ушырасады. Япония, Қытай ҳәм Қазақстан фармацевтикасы менен косметологиясында кеңнен қолланылады. Қазақстанның жергиликли халқы бул өсимликти «суңғыла», «қасқыр азығы» деп те атайды. Аңшылар ҳәм тоғай әтирапында жасаўшылардың бақлаўларына көре, суўық қыстан қыслап шыққан ҳәлсиз қасқыр усы өсимликтиң тамырын жеп, өзине күш алады екен.
Бул бийбаҳа өсимлик Арқа Африка (Пиреней атаўлары), ҒМДА (Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы) мәмлекетлери (Россия, Қазақстан), сондай-ақ, Шығыс Азияның Монғолия, Қытай, Малайзия мәмлекетлеринде ушырасады. Япония, Қытай, Монғолия ҳәм Малайзия мәмлекелеринде усы өсимликтиң дәрмағы жоқары баҳаланып, олар қайта ислеў ҳәм тутыныў бойынша дүнья мәмлекетлери арасында жетекши орынды ийелемекте. Ҳәзирги ўақытта қоңсы Қазақстандағы исбилерменлер тәбиятта жабайы ҳалатта өсетуғын цистанхени дәрмақ сыпатында Қытай, Монғолия ҳәм Корея мәмлекетлеине экспортқа шығармақта.
Бүгинги күнде қоңсы мәмлекетлерден усы өсимликтен таярлаған дәри өнимлери, ҳәр қыйлы демлемелер менен шайлар ишки базарымызға кирип келмекте.
Атап айтқанда, Қазақстанның «Top Life», «Tea beverage», «Drink time» Қытайдың «Lost empire herbs», «Jing herbs Legendary tonics», «Plum Dragon-Rou Cjng Rong» «Cictanche deserticola» ҳәм «Navi Wild Harvest» сыяқлы өнимлери дүкәнларымыздан кең орын алмақта.
Әйне пайытта Арал теңизиниң қурыған ултанында да цистанхе өсимлигиниң плантациясы жаратылмақта. Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң илимпазлары болса Үстирт саҳраларының 2 гектар майданында усы өсимликти егип сынақтан өткермекте. Японияның Чиба университетиниң профессоры Сатоши Тогаши ҳәм Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының жәмәәти де Арал теңизиниң қурыған ултанында туңғыш мәрте цистанхе өсимлигин екти.
Дерек: http://elxizmetinde.uz/qq/1207.html
Илимий бөлим
скачать dle 12.1