SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI«Қәдириң бәлент болсын, ана тилим!» атамасында әдебий кеше өткерилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
«Қәдириң бәлент болсын, ана тилим!» атамасында әдебий кеше өткерилди
Усы жылы 21-октябрь күни Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгенине 32 жыл толады. Усы мүнәсибет пенен бүгин Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында «Қәдириң бәлент болсын, ана тилим!» сүрени астында әдебий кеше шөлкемлестирилди. Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Өзбек филологиясы факультети “Өзбек тилтаныў” кафедрасы доценти Н.Қличев, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде студент-жаслары қатнасты. Филиал директоры Адилбай Есимбетов илаж басында сөзге шығып, жақынласып киятырған байрам мүнәсибети менен ҳәммени қутлықлап, ҳәр бир миллет ҳәм жәмийеттиӊ раўажланыўы алды менен оныӊ ана тилинде сәўлелениўи, тилимиз-мәнаўий байлығымыз екенлигин айрықша атап өтти. Буннан соӊ кеше мийманы сөзге шығып, усы 32 жыл ишиндеги тарийхый дәўир ҳәм бүгинги күнде мәмлекетимизде ана тилимизге жоқары итибар ҳәм ҳүрмет көрсетилип атырғанлығы ҳаққында сөз етти. Әдебий кеше даўамында филиал студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қатнасыўшылардыӊ нәзерине усынылды. Өзбек тили байрамын кеӊ түрде белгилеўдиӊ түп-тийкарында студент-жаслардыӊ қәлбинде миллий тилимзге болған ҳүрмет ҳәм итибарды және де күшейтириў сыяқлы уллы мақсет жатады. Филиалымызда «Қәдириң бәлент болсын, ана тилим!» сүрени астында шөлкемлестирилген әдебий кеше жоқары кейпиятта ҳәм есте қаларлы тәризде болып өтти.