Қаракөл қойларының өнимдарлық көрсеткишлери
Қаракөл қойлары түрли өнимдарлық көрсеткишлери жағынан шарўашылықта өз алдына орынға ийе болып табылады. Бул қойлардың тийкарғы өними есапланған қаракөл терилери өзиниң реңи ҳәм ҳәр түрлилиги, сондай-ақ гүллериниң ҳәр түрлилиги менен жоқары дәрежедеги талапқа ийе саналады.
Қаракөл қойларының және бир әҳмийетли өними-бул гөш өними есапланады. Бул өним ҳәзирги күнде қаракөл қойларының тийкарғы өними қаракөл терилери болса да, тараўдың экономикасын белгилейтуғын қымбатлы өнимлерден бири есапланады.
Нәсилдиӊ және бир әҳмийетли өнимлеринен бири- бул сүт өними есапланады.
Тараўда жаңа туўылған қозылар азықланатуғын ҳәм саўылатуғын сүт өними менен бирге 1 бас қойдың сүт өнимдарлығы 90 күн даўамында 35-40 килограммды қураўы мүмкиншилиги анықланған.


Ахмет Уримбетов
Зооинженерия кафедрасы а.х.п.б PhD
скачать dle 12.1