SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIАбдулла Қодирий туўылғаныныӊ 127 жыллығына бағышлап сәўбетлесиў кешеси өткерилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ студент-жаслары қатнасыўында Абдулла Қодирий туўылғаныныӊ 127 жыллығына бағышлап “Өзбек романшылығы мектебиниӊ тийкарын салыўшысы” атамасында сәўбетлесиў кешеси өткерилди. Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайыныӊ оқыў залында болып өткен бул сәўбетлесиў кешесине Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов, Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты өзбек әдебияты кафедрасы доценти С.Бекчанова ҳәм Н.Алламбергенова, институттыӊ Мәлимлеме-ресурс орайы сырт ел мәлимлеме-китапхана ресурслары менен ислесиў бөлими баслығы Р.Аманбаева ҳәм студент-жаслар қатнасты. Илаж басында А.Қодирийдыӊ дөретиўшилиги ҳәм белгили романыи “Өткен күнлер”диӊ мәнис-мазмуны темалары шеӊберинде С.Бекчанова ҳәм Н.Алламбергеновалар шығып сөйледи. Буннан соӊ А.Сейткамалов ҳәм Ж.Халмуратова “А.Қодирийдиӊ мийнетлерин халқымыз умытпайды” темасы бойынша қатнасыўшыларға айтып берди.
Студентлер де сәўбетлесиў кешеси даўамында сөзге шығып, өз пикирлерин билдирип өтти. Атап айтқанда, филиалымыздыӊ 1-курс студентлери С.Рузимова ҳәм И.Ваққосовалар А.Қодирийдиӊ әдебияты ҳаққында айтып берди. Әлбетте, бул дөретиўши инсанға қанша тәрийп берсек, сонша аз болып сезиледи. Оныӊ “Өткен күнлер” романы ҳәр биримиздиӊ жүрегимизден орын алғаны сөзсиз. Жазыўшыныӊ китаплары ҳәзирги күнде қайтадан басып шығарылып атырғанлығы да бийкарга емес. Келешек әўладқа А.Қодирийдиӊ бийбаҳа мийрасларын жеткериў үлкен әҳмийет қурайды. Сәўбетлесиў кешеси даўамында жазыўшыныӊ дөретиўшилигине кеӊ түрде тоқталып өтилди, пикирлесиўлер тийкарында сәўбет алып барылды.