Вакцина алған барлық студентлерге 10 пайыз шегирме берилмекте
Коронавирус инфекциясына қарсы емленген (вакцина алған) барлық студентлерге 10 пайыз шегирме берилмекте.
Республика арнаўлы комиссиясыныӊ қарарына бола, республикамыздағы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған ҳәмде 2021-жыл 1-ноябрьге дейин коронавирус инфекциясына қарсы вакцина алған студентлерге 2021/2022-оқыў жылы ушын белгиленген стипендия қосылмаған базалық төлемли- контракт суммасына бир мәртелик 10 пайыз шегирме (бонус) белгиленген еди. Ҳәзирги күнде елимизде хызмет көрсетип атырған барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларында билим алып атырған ҳәм коронавирусқа қарсы шаншылған студентлерге бир мәртелик 10 пайызлы шегирме бонусы берилип атыр.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги коронавирусқа қарсы шаншыўды толық әмелге асырыўға үлгермеген студентлерге 1-ноябрьге шекем санаўлы күнлер қалғанлығын ескертип, олардыӊ асығыўы керек екенлигин билдириди.
Бул жеӊиллик төмендеги вакцина алған студентлерге тийисли:
–бакалавриаттыӊ барлық курс студентлерине;
–магистратура (клиникалық ординатура)ныӊ барлық курс студентлерине;
–күндизги, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түрлеринде оқып атырған студентлерге;
–усы оқыў жылында оқыўды көширип, супер контракт тийкарында оқыў тилегин билдирген студентлерге.
Демек, барлық категориядағы студентлер жеӊиллик пенен қамтып алынған. Соныӊ ушын ҳүрметли студентлер вакцинаны толық алыӊ ҳәм төлемли-контракт муғдарыӊызға 10 пайызлы шегирмеге ийе болыӊ!
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1