“Сайлаў-2021: Келешегиң ушын даўыс бер!” сүрени астында“Үгит-нәсиятлаў поезди” Нөкисте
Сиясый процесслерде студентлердиң белсенди қатнасын тәмийинлеў ҳәмде олардың сайлаўға байланыслы билимлерин раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң басламасы менен “Сайлаў-2021: Келешегиң ушын даўыс бер!” сүрени астында “Үгит-нәсиятлаў поезди” бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласына жетип келди. Филиалдың оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров бир қатар жоқары оқыў орынларыныӊ жуўапкер хызметкерлери менен биргеликте келген мийманларды Нөкис темир жол вокзалында күтип алды. Бул жойбар шеӊберинде Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниӊ тәжирийбели профессор-оқытыўшылары басшылығындағы қәбилетли студентлерден ибарат үгит-нәсиятлаў топарлары тәрепинен аймақлардағы жоқары оқыў орынлары ҳәм филиаллардағы студентлердиӊ сайлаў бойынша билимлерин арттырыўға қаратлыған оқыў-семинарлар, ҳәр түрли илажлар шөлкемлестириледи.
Еслетип өтемиз, бул жойбар республиканың 14 аймағында жайласқан жоқары оқыў орынлары ҳәм филиалларында усы жылдың 13-15-октябарь күнлери өткериледи.

Филиал баспасөз хызмети скачать dle 12.1