“Ветеринария генетикасы ҳәм өршитиў тийкарлары” пәнинен ашық сабақ өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс студентлерине “Ветеринария генетикасы ҳәм өршитиў тийкарлары” пәнинен ашық сабақ өткерилди. Аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы А.Уримбетов тәрепинен «Аўыл хожалығы ҳайўанларының конституциясы, экстерери ҳәм интерери» темасында өткерилген ашық сабақ даўамында студент-жаслар билим ҳәм көнликпелерге ийе болды. Сабақ даўамында аўыл хожалығы ҳайўанларының сыртқы дүзилиси, интерери ҳәм конституциясы ҳәм оның ислеп шығарыўдағы әҳмийети бойынша кең түсиник берилди. Теманың мазмунын ашып бериў ушын ҳайўан муляжларынан пайдаланылды. Сондай-ақ, тема бойынша студентлердиң билимлерин беккемлеў мақсетинде ашық сабақ сораў-жуўар формасында да алып барылды. 1-курста билим алып атырған студентлердиң билим ҳәм көнликпелерин арттырып барыўда, сондай-ақ, олардың филиал оқыў процессине буннан былайда ийкемлесиўинде усындай ашық сабақлар әҳмийетли орын тутады. Бүгин “Ветеринария генетикасы ҳәм өршитиў тийкарлары” пәнинен болып өткен ашық сабақ даўамында филиал студентлери кең түсниклерге ийе болды. Ашық сабақты бақлап отырған “Зооинженерия” кафедрасы баслығы А.Торешова сабақ жуўмағында өзиниң пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти. Студент-жаслар тема бойынша өзлерин қызықтырған қосымша сораўлар бойынша жан-жақлама жуўапларды алды. Ашық сабақ усы тәризде қызықлы болып өтти.
скачать dle 12.1