SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI“Зооинженерия” кафедрасында шеберлик сабақлары даўам етпекте » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » “Зооинженерия” кафедрасында шеберлик сабақлары даўам етпекте
“Зооинженерия” кафедрасында шеберлик сабақлары даўам етпекте
“Зооинженерия” кафедрасы баслығы А.Торешова басшылығында Зооинженерия (түрлер бойынша) қәнигелигиниң 1-курс студентлерине шеберлик сабақлары өтилип атырғанлығы бойынша хабар берген едик. Нәўбеттеги шеберлик сабағында Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) қәнигелиги 3-курс студенти Б.Насиратдинов «Мамық терили ҳайўанлар» темасында 1-курс студентлерге түсиник берди. Теманың мазмунын толық жеткерип бериў мақсетинде сабақты жәнеде қызықлы тәризде өтип, қоянларды алып келип, олар арқалы теманы түсиндирди ҳәм студентлердиң дыққатын қарата алды. А.Торешова 1-курс студентлерде қәнигелиги бойынша кең түсиниклерди қәлиплестириў, қызығыўшылығын және де арттырыў соның менен бирге жоқары курс студентлериниң билимлерин беккемлеп барыў мақсетинде шөлкемлестирген бул шеберлик сабақлары даўамында Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) қәнигелигиниң студентлери 1-курста билим алып атырған досларына өзлериниң өзлестирген билимлери бойынша түсиниклерин берип барады. Б.Насиратдинов «Мамық терили ҳайўанлар» темасын кең жеткерип бериўге ҳәрекет қылды. Студентлер жақсы мағлыўматларға ийе болыў менен бирге тема бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.