Нураный аталарымыз бенен ушырасыў өткерилди
Хабарыңыз бар Республикамыз бойлап «Кекселер ҳәптелиги» шеңберинде илажлар ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында да «Кекселер ҳәптелиги»н жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде бүгин «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйынының нураныйлары менен ушырасыў болып өтти. Илажға «Гүлзар» МПЖ нураный аталары Ө.Халмуратов, Қ.Тәжибаев, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары Н.Сатуллаева, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов ҳәмде филиал профессор-оқытыўшылары, студент жаслар қатнасты. Ушырасыўды оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров ашып берип, нураный мийманларымызды таныстырып өтти. Ушырасыў даўамында Ө.Халмуратов ҳәм Қ.Тәжибаевлар жаслар менен шын кеўилден сәўбетлесип, өзлериниң өмирлик тәжирийбелеринен сөз етти. Жасларға үгит-нәсиятларын айтып, бүгинги тыныш турмысымыз ушын мың шүкиршилик етиў керек екенлигин айрықша атап өтти. Студентлер нураный аталардың айтқанларын қулақ түрип тыңлады. Ушырасыў жуўмағында мийманларға сый-ҳүрмет көрсетилип, филиал администрациясы тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды. Нураный аталарымыз филиал жәмәәтине бундай-ҳүрмет-иззет ушын өзлериниң миннетдаршылығын билдирип, жасларға жақсы тилеклерин билдирип пәтиясын берди. «Алтын алма, дуўа ал, дуўа алтын емес пе?» дегениндей бундай инсанлардың берген пәтиясында, тилеген нийетинде ҳикмет көп. Кекселеримиз алдымызда аман болсын деп жақсы нийет билдирип илажды жуўмақладық. Студент-жаслар бүгинги кекселер менен ушырасыўдан унамлы тәсирлерди ҳәм жақсы нәсиятларды алды.
скачать dle 12.1