SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIФилиал Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләхатшиси студент қызлар менен сәўбетлести » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Филиал Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләхатшиси студент қызлар менен сәўбетлести
Филиал Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләхатшиси студент қызлар менен сәўбетлести
Самарқанд ветеринария медицинасы институти Нөкис филиалы Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләхатшиси Г.Ешмуратова тәрепинен филиал студент-қызлары менен сәўбетлесиў шөлкемлестирилди. Оған факультеттиң Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләхатшиси З.Даўлетова ҳәмде ҳәр бир топардың Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша сәрдар студент-қызлары қатнасты. Сәўбетлесиў даўамында Г.Ешмуратова студент-қызлар менен белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар, биргеликте ислесиў бойынша сөз жүритиў менен бирге олардың машқала ҳәм усынысларын тыңлады. Буннан соң З.Даўлетова сөзге шығып, тәртип-қағыйда мәселеси ҳәмде студент-қызлардың аўызбиршилик пенен жумыс алып барыў керек екенлиги ҳаққында айтып өтти. Усы орында, студент қызларға Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша филиал сәрдары Л.Яқыпбаева менен тикеллей байланыста болып, сыйласық пенен жумыс алып барыў керек екенлиги айрықша атап өтилди. «Биз ҳәммемиз бир шаңарақпыз. Филиалдағы ҳәр бир студент-қыз ушын теңдей қайғырамыз. Сол себепли сизлер менен ашық сәўбетлесиўлерди шөлкемлестирип, машқала ҳәм кемшиликлерди биргеликте сапластырып барамыз»-деп айтып өтти Г.Ешмуратова. Бул сәўбетлесиў даўамында студент-қызлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.