SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудентлер театрда ўақтын мазмунлы өткерди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының студент-жаслары Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратов басшылығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына барып, «Ана» атлы драманны тамаша етти. Мархабай Усенов режиссёрлығындағы бул драма студентлерде унамлы тәсир қалдырды. Актёрлардың шеберлиги арқалы спектакльдиң мазмуны әжайип тәризде ашып берилген.
Ең тийкарғысы филиал студентлери руўхый жақтан дем алып, бос ўақытларны мазмунлы тәризде өткерди. Театрға барып үлкен саҳна арқалы жанлы тәризде спектакль тамаша етиўдиң заўқы өз алдына. Сол сыяқлы филиал студентлери Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрынан әжайип тәсирлер менен қайтты. Усы орында студентлердиң руўхый азық алыўы ушын усы сыяқлы қызықлы спектаклерди тамаша етиўге алып барыў жақсы шөлкемлестирилип киятырғанлығын атап өткимиз келеди.