Студентлер Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайына барды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студентлери Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова ҳәмде Г.Арзымбетова басшылығында Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайына барды. Бул жерде стдудентлер китапхананың бүгинги күндеги искерлиги менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды. Соның менен бирге Мәлимлеме-китапхана орайының жабық фонды ҳәмде электрон китапхана системасы туўралы мағлыўматларға ийе болды. Фонд катологлары менен танысыў менен бирге китапханаға қалай ағза болыў ҳаққында түсиникке ийе болды. Мағлыўмат орнында соны айтып өтиў керек, Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова тәрепинен усы сыяқлы китапханаға саяхатлар турақлы түрде әмелге асырылып барылады. Филиал студент-жаслары өзлери ушын керекли болған көплеген мағлыўматларға ийе болды.
скачать dle 12.1