Дәўирге сай билим
Өзбекстан өз ғәрезсизлигин алғаннан соң адам факторы мәмлекетимизде баслы орынға шықты. Барлық нәрсе адамның емин-еркин жасаўы ҳәм пәраўан турмыс кешириўине қаратылған.
Соның ишинде жаслардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, олардың жетик билим алыўы, мийнет етиўи, қәбилетин жүзеге шығарыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта. Елимизде 2021-жылдың «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы», деп жәрияланғаны буның және бир әмелий көриниси болды. Өзбекстан халқының дерлик 60% тен асламы келешегимиз ийелериниң үлесине туўры келеди. Олардың терең билим алып, жоқары потенциалға ийе кадрлар болып жетилисиўи, заманға сай қәдем таслаўы, жетик тәрбия алыўы ҳәм беккем шаңарақ қурып, бахытлы жасаўы ушын барлық имканиятлар жаратып берилмекте.
Әсиресе кейинги бес жыллықта билимлендириў тараўында үлкен жаңаланыўлар жүз берди. Жасларды билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси арттырылды. Атап айтқанда быйыл 182 мың жаслар ушын студент болыў имканияты жаратылып, улыўма қамтып алыў 28 процентке жеткерилди. Жақында Ташкент қаласында ең жоқары халықаралық талапларға жуўап беретуғын «Жаңа Өзбекстан» университети шөлкемлестирилди. Бул болса өз гезегинде билимли ҳәм қәбилетли жасларымыз ушын усы оқыў орнында заманагөй билим алыў имканын жаратады.
Аўыллық жерлерде жасларға 10 сотихтан 1 гектарға шекем жер майданлары ажыратылмақта. Нәтийжеде аўыллардың 230 мыңнан аслам жасына 61 мың гектар жер майданы бөлистирип берилди. Сондай-ақ ғәлледен босаған жерлерден және 75 мың гектары 170 мың жасқа қайтадан егинлер егиў ушын ажыратылды.
Усы жылдың 8 айы ишинде «Жаслар дәптери»не киргизилген 430 мың ул-қыздың машқалаларын шешиў ушын 300 млрд сум қаржы қаратылды.
Бундай мысалларды жүзлеп, мыңлап келтириўимиз мүмкин. Булардың барлығы Ҳүрметли Президентимиздиң жаслар сиясатына айрықша қараўының нәтийжеси деп есаплаймыз. Жасларға қарата: «Мен исенемен, сизлер заманагөй билим ҳәм раўажланыў шоққыларын пуқта ийелеп, биз баслаған жумысларды мүнәсип даўам еттиресиз. Жоқары күш-ғайратыңыз ҳәм пидәкерлик мийнетиңиз бенен елимизде Жаңа Өзбекстанды-Үшинши Ренессансты жаратыўға әлбетте уқыплы боласыз!» деди мәмлекетимиз басшысы, Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына арналған салтанатта шығып сөйлеўинде.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына арналған салтанатта шығып сөйлеўинде елимизде жаңа мәмлекет ҳәм жәмийет қурыў жолында әҳмийетли жумыслар әмелге асырылғанлығы, мәмлекетимизде алып барылып атырған жедел ҳәм кең көлемли реформалар елимиздеги жаңа дәўирди—Жаңа Өзбекстан дәўирин баслап бергенлигин айрықша атап өтти.
«Егер биз тәлимди өзгертсек, тәлим инсанды өзгертеди. Инсан өзгерсе пүткил жәмийетимиз өзгереди» деген даналық сөзин, биз билимлендириў тараўы ўәкиллери алдымызға баслы сүрен етип қабыл етсек арзыйды.
Халық хожалығы ушын мыңлаған кәсип-қәнигеликлерде кадрлар таярланатуғын болса барлығына теңдей шараятлар жаратылып, имканиятлар берилмекте.
Соңғы жылларда ветеринария ҳәм шарўашылық тараўын жедел раўажландырыў әҳмийетли мәселе сыпатында қаралмакта. Халықтың шарўа өнимлерине болған талабын қанаатландырыў мақсетинде сапалы соның менен бирге арзан гөш ҳәм сүт өнимлери менен тәмийинлеў әҳмийетли саналады. Бул тармақты раўажландырыўда инновациаллық жантасыўлар тийкарында заманагөй билимге ийе, жетик ҳәм тәжирийбели кадрларды таярлаў болса жақын келешекте тараўда терең реформаларды әмелге асырыўда нәтийжели болады. Жаслар уллы мақсетлерди әмелге асырыўда үлкен күш есапланады.
Қарақалпақстан Республикасында ветеринария ҳәм шарўашылық тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларының шарўашылыққа қәнигелестирилип, жетекши тәжирийбелер тийкарында үлкен жумыслардың әмелге асырылып атырғанлығы тараўда жетик билим ҳәм тәжирийбеге ийе жас қәнигелерге болған талапты асырады.
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының шөлкемлестирилиўиниң тийкарғы мақсети тараўдың раўажланыўында салмақлы үлес қоса алатуғын жасларды билимлендириўге қамтып, ҳәр тәреплеме бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаўдан ибарат. Ҳәммемиздиң хабарымыз бар, усы жылдың 5-август күни Президентимиз тәрепинен және еки әҳмийетли қарарға қол қойылды.
«Сурхандәрья ўәлаятында қарабайыр нәсилли атларды жетистириў ҳәм ғалаба ен жайдырыў ҳәм ат спорты түрлерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында: «Жас әўлад шабандозларын тәрбиялаўға бағдарланған миллий ат спорты жарысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўде Қарабайыр нәсилли атларынан пайдаланыўды ғалаба ен жайдырыў ҳәм миллий ат спортының халықаралық даўрығын арттырыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў, жылқышылықта нәсилшилик жумысларын жетилистириў жолы менен Қарабайыр нәсилли атларының бас санын көбейтиў, Қарабайыр нәсилли атларын сақлаў ҳәм сапалы ветеринариялық хызмет көрсетиў жумысларын жақсылаўға жәрдемлесиў, сондай-ақ, жәҳән базарында ат нәсиллери арасында Қарабайыр ат нәсилиниң бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўге, Қарабайыр атлары шеберлик мектеби Қарабайыр нәсилли атларының селекциясына итибар бериўге» айрықша дыққат қаратылған болса, «Өзбекстан жылқышылық, ат спорты, заманагөй бесгүрес ҳәм полоны 2025-жылға шекем раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары»нда: «2022-2023-оқыў жылынан баслап: Самарқанд ветеринария медицина институты және оның Нөкис ҳәм Ташкент филиалларында жылқышылыққа қәнигелескен ветеринария шыпакерлери ҳәм зоотехниклерин таярлаў бойынша бакалавриат билимлендириў бағдары ашылатуғыны» атап көрсетилген.
Сондай-ақ усы қарарда: Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы жанындағы Нәсилли, спорт ҳәм таза қанлы атларды жетистириў ҳәм көбейтиў бойынша инновациялық селекция-генетика орайы қурамында Иппология илимий-изертлеў институты шөлкемлестирилетуғын болды. Институт атлардың анатомиясы, физиологиясы, көбейтиў биологиясы, нәсиллерди өзгертиў ҳәм басқа да мәселелерди илимий жақтан үйренетуғын қәнигелестирилген илимий шөлкем есапланады Институт илимий шөлкем сыпатында мәмлекетлик буйыртпалар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыўда және фундаменталлық ҳәм әмелий изертлеўлерди алып барыўда қатнасатуғыны белгилеп қойылған.
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине еки ай мүддетте таза нәсилли атларды шағылыстырыў ҳәм көбейтиў, жас атлардың раўажланыўы ҳәм өсиўин, жылқышылық фермаларында қымыз ислеп шығарыўды, интенсив баққы атларды жаратыў, жайлаў ҳәм от-жем базасын беккемлеў ҳәм атлардан алынған өнимлердиң түрлерин кеңейтиў бойынша комплексли илажлар режесин ислеп шығып, әмелге асырыў ўазыйпасы жүклетилген.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен айтылған ҳәм қарарда белгилеп берилген барлық ўазыйпа, тапсырмаларды Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының барлық профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары да шын кеўилден атқарыўды өзлериниң перзентлик, пуқаралық миннети деп биледи. Бизлердиң алдағы жумысларымыздың бағдарламасы ушын өзек ўазыйпасын өтейди.
Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында маман кадрларды таярлап бериў ушын бар күш-ғайрат, билим-тәжирийбелеримизди аянбай жумсай беремиз. Мәмлекетимиз үлкен сиясий процесс қарсаңында. 24-октябрь күни — Өзбекстан Республикасы президенти сайлаўы күни. Сайлаўға ықтыярлы түрде қатнасып, мәмлекетимизди келешекте еле де раўажландырыўға уқыплы, искер, өз қәлеўимиздеги талабанға даўыс бериў — ҳәр бир пуқараның халық алдындағы әдиўли миннети деп билемиз.
Адилбай ЕСИМБЕТОВ,
Самарқанд ветеринария медицинасы институты
Нөкис филиалы директоры
скачать dle 12.1