Директор профессор-оқытыўшылар менен ушырасыў өткерди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы директоры Адилбай Есимбетов профессор-оқытыўшылар менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда оқыў процессин шөлкемлестириў ҳәм алдағы белгиленген ўазыйпалар бойынша сөз жүритилди. А.Есимбетов 2021-2022-оқыў жылында филиал студентлериниң саны көбейгенлиги, бул болса өз орнында оларға сапалы билим бериў жуўапкершилиги жәнеде күшейиўин айтып, төмендегилерди айрықша атап өтти: “Бүгинги жеделлик пенен раўажланып атырған дәўирде, билимлендириў тараўыда жаңаланбақта. Жоқары потенциалға ийе кадрларды таярлаўда сизлер жаңаша жантасыў ҳәм заманагөй пикирлеў менен өзиңизди көрсетиўиңиз зәрүр. Бүгинги студент биймәлел оқытыўшының билимине, сабақ өтиў шеберлигине баҳа бере алады. Бизге барлық ўақытта жақсы нәтийже керек. Буның ушын болса ҳәммемиз биргеликте тынымсыз ҳәрекет қылыўымыз талап етиледи”. Сондай-ақ ушырасыў даўамында сабақлар жоқары дәрежеде өткерилиўи, студентлердиң әмелий билимлерин беккемлеп барыўға айрықша итибар қаратыў, дөгереклер шөлкемлестириў, илимий жумыслар алып барыў, зийрек студентлер менен ислесиў бойынша тийисли тапсырмалар берилди. Додаланған мәселелер бойынша оқытыўшыларда өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.
скачать dle 12.1