SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIЖаңа оқыў жылында жаңа әмелий билимлер » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Жаңа оқыў жылының дәслепки күнлеринен баслап филиал студентлери қунт пенен оқыўға кирисип кетти. Бүгин болса олар филиал ветеринария клиникасында әмелий билимлерин беккемледи. Атап айтқанда, Ветеринария медицинасы қәнигелиги 4-курс студентлери Махсет Сегизбаев басшылығында клиникаға алып келинген пышықты операция қылды. Операция столына жатқарылған 2 жасар пышықта жип жутып алғанлығы себепли ишеклердиң байланып қалыўы жүз берген. М.Сегизбаев тәрепинен операция табыслы әмелге асырылып ишектеги жип алып тасланды. 4-курс студентлери операция процесси даўамында әмелге асырылған жумысларды дыққат пенен бақлап тиккелей қатнасып, жәрдем берип турды. Әлбетте олар ушын усы сыяқлы операциялар жақсы әмелий көнликпе болып саналады. Студентлер дем алыс ўақтында оқыўды сағынғанлығы ҳәм жәнеде терең билим алыў ушын ғайратқа тасып келгенлиги айқын сезилип турды. Усы тәризде Ветеринария медицинасы қәнигелиги 4-курс студентлери Ветеринария клиникасында өткерилген бүгинги операцияға белсенди қатнасты ҳәм өзлериниң әмелий билимлерин беккемледи.