Супер контракт баҳалары қашан жәрияланады?
Республикамызда 6-сентябрьден баслап жаңа оқыў жылы басланды. Дерлик көпшиликти супер контракт баҳасы бойынша мағлыўмат қызықтырып атыр. Хош өткен жылы супер контракт баҳасы қанша еди? «Супер контракт» баҳалары қашан жәрияланады? Бул сораўларға «Kun.uz» басылымының мағлыўматларына тийкарланып төмендегише келтирип өтемиз:
2020-жылда супер контракт баҳасы күндизги билимлендириўде 8,6 млн сумнан 279,4 млн сум аралығында еди.
Супер контракт баҳалары усы ҳәптениң ақырында жәрияланады екен. Мәлим етилиўинше, процесс бойынша ҳүжжетлер таяр болған. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бас басқармасының баслығы Абдували Холиқов мәлим етти.
Оқыўға кире алмаған абитуриентлер супер контракт баҳаларын билиў ушын жоқары оқыў орынларына барыўы шәрт емес. Себеби биринши нәўбетте студентликке усыныс етилгенлер, кейин болса оқыўды көшириў бойынша өтиў баллы ҳәм оннан жоқарысын алған категориядағы студентлер менен жумыс процесси алып барылады. Оқыўын көширген студентлер мәселеси толық жуўмақланғаннан кейин еселенген төлемли-контракт (супер контракт) тийкарында оқыў тилегин билдиргенлер өзлери ҳүжжет тапсырған жоқары оқыў орынларына мүрәжат қылыўы мүмкин. Оқыўды көшириўде жетерли балл топлай алмаған категориясы менен жумыс алып барыў 15-сентябрьден кейин басланады.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1