Жаңа оқыў жылында студентлерге Ғәрезсизлик сабақлары шөлкемлестирилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында жаңа 2021-2022-оқыў жылы жоқары кейпиятта басланды. Жаңа оқыў жылының шөлкемлестирилиўине бағышланған байрам илажынан соң студент-жасларға Ғәрезсизлик сабақлары шөлкемлестирилди. Ең тийкарғысы бул Ғәрезсизлик сабақлары карантин қағыйдаларына қатаң түрде әмел еткен ҳалда алып барылмақта. Профессор-оқытыўшыларымыз тәрепинен Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен студентлерге кейинги жылларда социаллық-экономикалық тараўларда ерисилген нәтийжелер, әмелге асырылған реформалар, жедел раўажланыўлар ҳаққында сөз етилди. Сондай-ақ, елимизде жаслар ушын жаратылған кең имканиятлар ҳаққында айрықша тоқталып өтилди. Усы темалар шеңберинде видеороликлер қойып берилди. Ғәрезсизлик сабақлары даўамында студент-жаслар профессор-оқытыўшылардың баянатларынан толқынланып, кейинги бес жыллықта түрли тараўлар бойынша әмелге асырылған терең реформалар ҳаққында өзлериниң еркин пикирлерин билдирип өтти. Әлбетте, Ғәрезсизлик бизлерге берилген ең уллы инәм. Студент-жаслар өтилген сабақлар даўамында бул бойынша жәнеде тереңирек түсиниклерге ийе болды.
скачать dle 12.1