SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI21-август-улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги. » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Ҳүкиметимиздиң тийисли бийлигине тийкарланып, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, елимиз бойынша коронавирус пандемиясының алдын алыў ҳәмде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2021-жыл август айы «Мәҳәллелерди абаданластырыў» айлығы деп жәрияланды.
Усы мүнәсибет пенен, Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы жәмәәти «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм пәраўан жасайық!» ураны астында өткерилип атырған мәҳәллелерди абаданластырыў қайырқомлық илажлары шеңберинде филиал әтирапында абаданластырыў жумысларын алып бармақта.
Илажда филиал администрациясы, профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлер белсене қатнасып, әтирап-аймақты тәртипке келтириў, салмаларды тазалаў, тратуарларды оңлаў, тереклерди ҳәклеў ҳәм форма бериў жумысларын аўызбиршилик пенен алып барылмақта.
Бундай илажлар жәмәәтимиз арасында өз-ара меҳр-ақыбет ҳәм аўызбиршилик пәзийлетлерин еледе күшейттириўге жәрдем береди.
Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими.