SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIМинистрликтиң Call-орай хызметиниң телефон номери жаңаланды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Министрликтиң Call-орай хызметиниң телефон номери жаңаланды
Министрликтиң Call-орай хызметиниң телефон номери жаңаланды
2021/2022-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орнына қабыллаў процесси дәўиринде абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналарына қолайлық жаратыў ҳәмде оларды қызықтырған сораўларға оператив түрде жуўап бериў мақсетинде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде шөлкемлестирилген Call-орай хызметиниң телефон номери жаңаланды Пуқаралар 71-230-64-64 телефон номери арқалы Call-орай хызмети менен байланысып, жоқары оқыў орнында шөлкемлестирилетуғын дөретиўшилик имтиханлар, республиканың бир жоқары оқыў орнынан басқа жоқары оқыў орнына ямаса ЖОО шеңберинде оқыўды көшириў, кәсип-өнер мектеплери ҳәм магистратура қәнигеликлерине қабыллаў процесслерине тийисли өзлерин кызықтырған сораўларға жуўап алыўы мүмкин. Бул хызмет ҳәптениң екшемби күнинен тысқары ҳәр күни саат 9:00ден 17:00ге шекем хызмет көрсетип келмекте. Усы жерде еслетип өтемиз, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри ҳәмде министр орынбасарларының мүрәжатлар платформасы арқалы https://t.me/eduuz/5203 да пуқаралар өз сораўларына жуўап алыўы жолға қойылған https://t.me/eduuz/5318.