16-июль жағдайы бойынша филиалға ҳүжжет тапсырған абитуриентлер саны бойынша мағлыўмат
Ҳәзирги күнде қабыллаў процесслери даўам етпекте. Республикамыздағы жоқары оқыў орынларына 2021-2022-оқыў жылы ушын дизимнен өткен абитуриентлердиң саны күн сайын жаңаланбақта. Мәмлекетлик тест орайының рәсмий телеграм каналында жәрияланып атырған мағлыўматлар тийкарында 2021-2022-оқыў жылы ушын онлайн тәризде дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мағлыўматларды берип барыўды даўам етемиз. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалына ҳүжжет тапсырған абитуриентлердиң саны да артып бармақта. Демек, 16 июль жағдайы бойынша қанша абитуриент тапсырған ?
2021-жыл 16-июль саат 18:00 жағдайы бойынша филиалымызға жәми 676 абитуриент ҳүжжет тапсырған.
Билимлендириў түри бойынша:
Күндизги билимлендириў бойынша-жәми 386;
Сыртқы билимлендириў бойынша-жәми 290 абитуриент ҳүжжет тапсырған.
Тиллер кесиминде:
Өзбек тили-241;
Қарақалпақ тили-435 абитуриент.
Мағлыўмат ушын, жәми дизимнен өткен абитуриентлердиң саны болса 549 776.
Соннан билимлендириў түри бойынша:
Күндизги билимлендириў бойынша-жәми 313 729;
Сыртқы билимлендириў бойынша-жәми 219 231;
Кешки билимлендириў түри бойынша-16 816.
2021-2022-оқыў жылы ушын дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мағлыўматларды веб-сайтымыз ҳәмде Телеграм | Фейсбук | Инстаграм арқалы танысып барыўыңыз мүмкин.
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1