SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI12-июль жағдайына дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мағлыўмат » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » 12-июль жағдайына дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мағлыўмат
12-июль жағдайына дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мағлыўмат
Кеше 2021-жыл 11-июль жағдайына көре 2021-2022-оқыў жылы ушын Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалына дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша толық мағлыўматларды берген едик. Бүгин болса 12-июль жағдайына муўапық дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мәмлекетлик тест орайының телеграм каналындағы мағлыўматлар тийкарында төмендегилерди келтирип өтемиз: 2021-жыл 12-июль саат 18:00 жағдайына муўапық филиалымызға жәми 302 абитуриент ҳүжжет тапсырған. Соннан билимлендириў түри бойынша: Күндизги билимлендириў бойынша-жәми 173; Сыртқы билимлендириў бойынша-жәми 129 абитуриент ҳүжжет тапсырған. Тиллер кесиминде: Өзбек тили-113; Қарақалпақ тили-189 абитуриент. Мағлыўмат ушын, жәми дизимнен өткен абитуриентлердиң саны болса 277 528 . Соннан билимлендириў түри бойынша: Күндизги билимлендириў бойынша-жәми 167 395; Сыртқы билимлендириў бойынша-жәми 102 646; Кешки билимлендириў түри бойынша-7 487. 2021-2022-оқыў жылы ушын дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мағлыўматларды рәсмий веб-сайтымызТелеграм |Фейсбук | Инстаграм арқалы танысып барыўыңыз мүмкин.