SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
7-июль жағдайына муўапық филиалға қанша абитуриент ҳүжжет тапсырды? » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SamDVUNF » Жаналықлар » 7-июль жағдайына муўапық филиалға қанша абитуриент ҳүжжет тапсырды?
7-июль жағдайына муўапық филиалға қанша абитуриент ҳүжжет тапсырды?
Бәршемизге белгили усы жылы 20-июнь сәнесинен баслап жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлерди онлайн тәризде қабыллаў басланды. Хош, усы күнге шекем филиалымызға қанша абитуриент ҳүжжет тапсырған? Демек, мәмлекетлик тест орайының телеграм каналындағы мағлыўматларға сүйенетуғын болсақ, 2021-жыл 7-июль саат 18:00 жағдайына муўапық филиалымызға жәми 106 абитуриент ҳүжжет тапсырған. Соннан билимлендириў түри бойынша:Күндизги билимлендириў бойынша -жәми 65 ;Сыртқы билимлендириў бойынша -жәми 41 абитуриент ҳүжжет тапсырған.Тиллер кесиминде: Өзбек тили-35 ; Қарақалпақ тили-71 абитуриент. Мағлыўмат ушын, жәми дизимнен өткен абитуриентлердиң саны болса 105 843 ти қурайды. Соннан билимлендириў түри бойынша:Күндизги билимлендириў бойынша-жәми 66 603; Сыртқы билимлендириў бойынша-жәми 36 752; Кешки билимлендириў түри бойынша- 2 488. 2021-2022 -оқыў жылы ушын дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мағлыўматларды рәсмий веб-сайтымыз ҳәмде Telegram Facebook Instagram арқалы танысып барыўыңыз мүмкин. Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1