Филиалдың 2021/2022-оқыў жылы ушын қабыллаў параметрлери тиллер кесиминде
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы 2021/2022-оқыў жылы ушын тɵмендеги бакалавр күндизги тǝлим бағдарлары бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл қылады:
-5410600-Зооинженерия: (хызмет түрлери бойынша)-улыўма 100 орын, соннан 40 мәмлекетлик грант, 60 төлемли контракт тийкарында;
-5440100-Ветеринария медицинасы (ири шақлы маллар кеселликлери)-улыўма 200 орын, соннан 75 мәмлекетлик грант, 125 төлемли контракт тийкарында;
-5440300-Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери-улыўма 50 орын, соннан 20 мәмлекетлик грант, 30 төлемли контракт тийкарында;
-544040-Ветеринария-санитария экспертизасы-улыўма 25 орын, соннан 10 мәмлекетлик грант, 15 төлемли контракт тийкарында;
Усы бағдарлар бойынша филиалға жǝми 375 студент қабыл етиледи. Мағлыўмат ушын:Усы жылы қабыллаў квотасында Ветеринария-санитария экспертизасы кǝнигелиги жаӊадан қосылды.
Жаңалық:Быйылғы оқыў жылында биринши мәрте филиалымызда 5410600-Зооинженерия:(хызмет түрлери бойынша) ҳәмде 5440300-Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери бағдарлары бойынша сыртқы бөлим ашылды. Оған төлемли контракт тийкарында жәми 50 студент қабылланады.
Қабыллаў бойынша қосымша сораўлар менен филиалдың Call-орайына мүрәжат етсеңиз болады: (61) 224-74-80, (61) 224-73-03, (90) 422-78-78, (93) 364-42-61, (94) 908-83-83, (91) 301-88-83, (9)0 650-24-12, (99) 953-90-08
Еслетип өтемиз, мүрәжатларға жуўап бериў мақсетинде шөлкемлестирилген бул хызмет түринен ҳәмме абитуриентле пайдаланыўы мүмкин. Қабыллаў бойынша сораўларға филиалдың қәнигелери тәрепинен толық мағлыўмат берип барылады.
СамВМИ Нɵкис филиалы
Баспа сɵз хызмети
скачать dle 12.1