Мәмлекетлик Герб қабыл етилгенлигиниң 29 жыллығы мүнәсибети менен илаж өткерилди
Усы жылы 2-июль күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы китапханасында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Герби қабыл етилгенлигиниң 29 жыллығы мүнәсибети менен илаж болып өтти. Оған оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов, оқыў-методикалық бөлими баслығы Г.Хожаметов ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Илаж басында Қ.Атаназаров сөзге шығып, “Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик герби ҳаққында”ғы Нызам қабыл етилгенлигине 29 жыл толыўы мүнәсибети менен ҳәммени қутлықлап өтти. Миллетимиздиң мақтанышы, арзыўлары ҳәм руўхы мәмлекетлик белгилерде сәўлелениўи, олар арасында мәмлекетлик герби айрықша орынға ийе екенлиги туўралы Г.Хожаметов студент-жасларға айтып берди. Буннан соң А.Сейткамалов тәрепинен Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик герби ҳаққында. оның көриниси ҳаққында толық мағлыўматлар берди. Илаж даўамында студент-жаслар мақтанышымыз саналатуғын мәмлекетлик белгилери ҳаққында толқынланып өз пикирлерин баян етти. Әсиресе, Мәмлекетлик Гербине айрықша тоқталып өтти. Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик герби, Өзбекстан Республикасының 1992-жыл 2-июльдеги 616-XII-санлы “Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик герби ҳаққында”ғы Нызамы менен тастыйықланған.
скачать dle 12.1