Жаслар күни мүнәсибети менен бир топар студентлер сертификат пенен сыйлықланды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында 30-июнь-Жаслар күни мүнәсибети менен директор Адилбай Есимбетов тәрепинен бир топар студентлер диплом ҳәм сертификатлар менен сыйлықланды. Атап айтқанда, жоқары оқыў орынлары студентлериниң арасында өткерилген республикалық онлайн пән олимпиадасында белсенди қатнасқанлығы ушын 4 филиал студенти Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен сертификат пенен сыйлықланды. Соны да айрықша атап өтиў орынлы, Вашингтон университети халықаралық илимий конференциясында Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс студенти Ж.Оразбевтың «Ири шақлы қарамалларда тейлериоз кеселлиги ҳәм оның белгилери, диагноз ҳәм емлеў усыллары» темасында мақаласы жарық көргенлиги ушын онлайн тәризе сертификат берилди. Сондай-ақ, қәбилетли студентлердиң илимий изертлеў жумысларын шөлкемлестириў бөлими тәрепинен «Ең жақсы илимий мақала», «Ең жақсы макет», «Ең жақсы курс жумысы» ҳәм «Ең жақсы өз бетинше жумыс» темаларындағы таңлаўларда белсенди қатнасқан филиал студентлери сертификат пенен сыйлықланды. А.Есимбетов өз сөзинде студент-жасларды байрам менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, алдағы ўақытта буннан да үлкен табысларға ерисиў ушын тынымсыз ҳәрекет қылыў керек екенлигин айрықша атап өтти. Жоқары кейпиятта шөлкемлестирилген сыйлықлаў мәресими филиал студент-жасларына өзгеше қуўаныш бағышлады. Әлбетте, филиал директоры тәрепинен көрсетилген ҳәр қандай итибар студент-жасларда унамлы тәсир қалдырады.
скачать dle 12.1