“Жас китапқумарлар” таңлаўы өткерилди
Филиалдың 1-курс студент-жаслары арасында “Жас китапқумарлар” таңлаўы өткерилди. Илажды оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров ашып берди. Сондай-ақ, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов, Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова ҳәмде өзбек тили оқытыўшысы Н.Қурбанбаевалар төреши ағзалар сыпатында таңлаўды баҳалап барды. Филиалдың китапқумар студентлери топарларға бөлинип, 3 шәрт бойынша беллести. Таңлаў даўамында Н.Қурбанбаева шығармалардан сораўлар дүзип студентлердиң билимлерин сынақтан өткерди. Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилген бул таңлаўда филиалдың инталы студентлери белсенди түрде қатнасты. “Жас китапқумарлар” таңлаўының жуўмақлаўшы нәтийжесине бола, Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери қәнигелиги 1-курс 212-топар студентлери 1-орынды ийеледи. 2-орын болса Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 206-топар студентлерине несип етти. Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери қәнигелиги 1-курс 211-топар студентлери 3-орынды алыўға мияссар болды. Жеңимпаз болған топарларға ең жақсы саўға, яғный китаплар инәм етилди. Соның менен бирге олар диплом менен сыйлықланды. Бул таңлаў көтериңки руҳта болып өтти.
скачать dle 12.1