SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIДиректор студент-жаслар менен ашық сәўбетлесиў өткерди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Директор студент-жаслар менен ашық сәўбетлесиў өткерди
Директор студент-жаслар менен ашық сәўбетлесиў өткерди
Усы жылы 22-июнь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында директор ҳәм жаслар ушырасыўы шөлкемлестирилди. Ушырасыў даўамында оқыў жылының жуўмағы бойынша, оқытыўшылар тәрепинен сабақ процеслери қалай алып барылғанлығы, имтихан процеслери туўралы ашық сәўбетлесиў алып барылды. Филиал директоры А.Есимбетов ашық сәўбетелсиў даўамында студентлерди қызықтырып атырған мәселелер ҳәмде машқалаларды үйренди. Филиалдағы билимлендириў процеси ҳәмде оқытыўшылардың шеберлиги ҳаққында пикир алмасылды. Сондай-ақ, директор әмелият темасына айрықша тоқталып өтип, филиал студентлери әмелият даўамында қандай билим ҳәм көнликпелерге ийе болғанлығы менен қызықты. Директор өз сөзинде төмендегилерди айтып өтти: «Әмелият дәўиринде ерисип атырған унамлы нәтийжелериңиз мени қуўанышқа бөлемекте. Бирақ, өз үстиңизде жумыс алып барыўдан тоқтамаўыңыз зәрүр. Умтылыў, ҳәрекет ҳәм нәтийже. Сонда ғана гөзлеген мақсетлерге ерисе аласыз». Ушырасыў шеңберинде филиал студент-жаслары да өз пикир ҳәм усынысларын ашық тәризде билдирди. Соны айрықша атып өтиў орынлы усы сыяқлы ашық сәўбетлесиўлер ҳәм ушырасыўлар турақлы түрде шөлкемлестирилип барылмақта. Бүгинги ушырасыў да мазмунлы болып өтти.