Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында “Сall-орай” хызмети жолға қойылды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында 2021-2022-оқыў жылы ушын қабыллаў комиссиясының “Сall-орай”ы ҳәм консультация хызмети жолға қойылды.
“Сall-орай” арқалы ҳүжжетлерди қабыллаў процесине тийисли мағлыўматлар ҳәм жаңалықлар менен турақлы түрде танысып барыў имканияты жаратылды.
Мүрәжатларға жуўап бериў мақсетинде шөлкемлестирилген бул хызмет түринен барлық абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары пайдалыныўлары мүмкин. Қабыллаў процеси бойынша сораўларға филиалдың тәжирийбели қәнигелери толық түрде мағлыўмат берип барады.
Call-орай телефон номерлери:
+99861 224-74-80
+99861 224-73-03
+99890 422-78-78
+99893 364-42-61
+99894 908-83-83
+99891 301-88-83
+99890 650-24-12
+99899 953-90-08
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1