SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIАймақлық тармақларара санаат ярмаркасы болып өтти » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Аймақлық тармақларара санаат ярмаркасы болып өтти
Аймақлық тармақларара санаат ярмаркасы болып өтти
Усы жылы 17-июнь күни пайтахтымызда аймақлық тармақларара санаат ярмаркасы өткерилди. Бул ярмаркада Республикамыздағы дерлик 500 ге шамалас, соның менен бирге Ташкент қаласы ҳәмде ўәлаятларда хызмет көрсетип атырған кәрханалар өз өнимлери менен қатнасты. Қатнасыўшылар қатарында Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы директоры А.Есимбетов басшылығында илимий-изертлеў жумыслары бойынша инженер Д.Зинатдинов, асситент-оқытыўшы Ю.Султанов ҳәмде қәбилетли студентлердиң илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў бөлими баслығы А.Тлеумуратовлар ярмаркада қатнасты. Филиал хызметкерлери тәрепинен Нөкис олимпия резервлери колледжиниң спорт залында узи аппараты, milkotester (сүттиң қурамын анықлаўда қолланылады) ҳәмде инкубатор аппараты көргизбеге қойылды. Бундай ярмаркаларды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет санаат өнимлерин ислеп шығарыўды және де раўажландырыў ҳәм кеңейтириў, сондай-ақ баҳаларды арзанластырыўдан болып саналады. Нөкис қаласында болып өткен аймақлық тармақларара санаат ярмаркасы көтериңки руҳта шөлкемлестирилди.