Жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлерди онлайн қабыллаў 20-июньнан басланады
Кеше 16-июнь күни Президентимиз басшылығында жоқары билимлендириў системасындағы әҳмийетли ўазыйпалар додаланыўына бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти. Онда жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлерди онлайн қабыллаў 20-июнь сәнесинен басланыўы мәлим етилди.
Сондай-ақ, еки ҳәпте мүддетте қосымша мәмлекетлик грант тийкарында (жеңилликли) қабыллаў параметрлери тастыйықланады.
Усы жылы 1,5 миллионнан артық жаслар жоқары оқыў орынларына кириў ушын ҳүжжет тапсырыўы күтилмекте.
Биринши мәрте усы жылы 9 мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларында 22 бағдарда студентлерди оқытыў ушын 500 мәмлекетлик грант ажыратылады.
Соның менен бирге мәжилис даўамында быйыл жоқары оқыў орынларына қабыллаў саны өткен жылға салыстырғанда 13 процентке көбейтилип, 181 мыңға жеткерилиўи ҳаққында Президент мәлим етти. Және бир мәрте еслетип өтемиз, жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлерди онлайн қабыллаў 20-июньнан басланады.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1