SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIЖаслар фестивалы өз жуўмағына жетти » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Қарақалпақстан Республикасында 4 күн даўамында болып өткен «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик» жаслар фестивалы 10-июнь күни өз жуўмағына жетти. Веб-сайтымыз ҳәмде рәсмий телеграм каналымыз арқалы жарытып бардық. 10-июнь фестивалдың соңғы күни де қызықлы тәризде өтти. Филиал студентлери илажларда белсенди қатнасты. Атап айтқанда, филиал турмысы сәўлеленген көргизбе шөлкемлестирилди ҳәм көриўге келиўшилер студентлер тәрепинен жақсы күтип алынып түсиниклер берилди. Соны да айрықша атап өтиўимиз лазым, “Мәҳәллебай”ислеў системасы тийкарында филиалымызға бириктирилген Тақыятас районы АПЖ ның жәмлеспеген жасларының Нөкис қаласына келип, жаслар фестивалына қатнасыўы филиал тәрепинен шөлкемлестирилди. Филиал директоры Адилбай Есимбетов «Жаслар ҳаўазы» фестивалында 4 күн даўамында студент-жаслар менен биргеликте қатнасып, оларды қоллап-қуўатлап турды. Ол өзиниң фестивал ҳаққындағы пикирлерин төмендегише баян етеди: “«Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик» сүрени астында өткерилген фестивал көтериңки руҳта шөлкемлестирилгенлиги жасларды, өз орнында бизлерди де қуўанышқа бөледи. Расын айтсам усы 4 күн даўамында менде өзимди тап студентлер сыяқлы жас ҳәм ғайратлы сезиндим. Жаслар фестивалында белсендилик көрсеткен филиалдың барлық жуўапкер хызметкерлерине ҳәм айрықша студент-жасларға өз миннетдаршылығымды билдиремен”. Илажлардан соң директор басшылығында филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде студентлер пайтахтымыздағы И.В.Савицкий музейи алдында болып өткен жаслар фестивалының жуўмақлаўшы гала-концертин заўық пенен тамаша етти. Бул фестивал барлық жасларға жоқары кейпият бағышлады. Филиал студентлери жаслар фестивалы даўамындағы әжайип мәўритлерди фотосүўретлерге ҳәм әлбетте қәлбине мөрледи.