Филиалдың “Тулпар” командасы фестивал шеңберинде “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” ойынында қатнасты
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының студентлери жаслар фестивалы шеңберинде жоқары оқыў орынларының студентлери арасында өткерилген “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” илажында қатнасты. Филиал студентлеринен дүзилген сайланды команда “Тулпар” аты менен Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайы сахнасында өзлериниң бир-биринен қызықлы болған шығыўлары менен қатнасты. Ойын даўамында барлық қатнасыўшылар тамашагөйлерге күлки бағышлаўға шын кеўилден ҳәрекет қылды. Қәбилети ҳәм зийрек студентлеримиз өзлериниң шығыўларынан кейин залдағы тамашагөйлердиң қоллап-қуўатлаўына мияссар болды. Жаслар фестивалы даўамында филиал студентлери өз белсендилигин көрсетип атырғанлығы бизди қуўанышқа бөлейди. Олар Нөкис қаласындағы ҳәмде Бозатаў районындағы “Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!” сүрени астында фестивал шеңбериндеги илажларда да қатнасты. Бүгин болса пайтахтымызда өз көргизбелери менен қатнасып атыр. Бир сөз бенен айтқанда, жаслар фестивалы филиал студентлерине қуўаныш ҳәм заўық бағышламақта. Студентлер арасында өткерилген “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” ойыны да ҳәммеге бирдей жоқары кейпият инәм ете алды десек асыра айтқан болмаймыз. Филиал студентлеринен дүзилген “Тулпар” командасы өзлериндеги позитив кейпият пенен залдағыларға заўық бағышлады.
скачать dle 12.1