Филиал директоры ҳәмде студентлер Бозатаўда жаслар фестивалында қатнасып атыр
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студент-жаслары филиал директоры Адилбай Есимбетов басшылығында жаслар фестивалы шеңбериндеги илажларда қатнасыў ушын Бозатаў районына барды. Сондай-ақ, оқыў-методикалық бөлими баслығы Г.Хожаметовте барды. Олар райондағы жаслар орайында болып өткен «Бозатаў. Жаслар ҳаўазы» Республикалық илимий-әмелий конференциясына қатнасты. Мағлыўмат ушын, бул конференцияға Өзбекстан жаслар ислери агентлиги директоры Алишер Саъдуллаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Муратбай Жуманов ҳәмде Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан басқармасы баслығы Абат Данияровлар қатнасты. Сондай-ақ, студент-жаслар Бозатаў районында бүгин болып өтиўи режелестирилген қалған барлық илажларда қатнасады. Усы орында филиал директоры Адилбай Есимбетовтың белсенди шөлкемлестириўшилигин айрықша атап өтиў орынлы деп есаплаймыз. Сөзимиздиң айқын дәлийли сыпатында болса Қарақалпақстан Республикасында 7-июнь сәнесинен басланған «Жаслар ҳаўазы» фестивалында филиал студент-жасларының белсенди қатнасып атырғанлығын айтыўымыз мүмкин. Бүгин олар Бозатаў районындағы илажлада әжайип тәсирлер алыўына исенемиз.
скачать dle 12.1